12 май — халық аралық мийирбийкелер куни!

12 май — халық аралық мийирбийкелер куни!

Флоренс Найтингейл, мийирбийкелик иси тийкаршысы.

Ҳәр жылы 12 майда халық аралық мийирбийкелер куни ( International Nurses Day ) белгиленеди. XIII әсирде Елизавета Тюрингенская өз қаржысы есабынан емлеўхана  қурып, мийирбийке кәсиби енгизиле баслады. 1348 жылда оба кеселлиги эпидемияси дәўиринде мийирбийкелер жәмийетке қаншелли керекли уллы кәсип екенлиги белгили болады хәм олар айрықша хурметке мунәсип табылады. Олардың хызметлери путкил дуньяға таныла басланады.

1617 жылда Францияда диндар  Викентий Поль биринши мийирбийкелер жәмийетин дузди. Луиза де Марияк хаял басшылығындағы топар ағзалары болса мийирбийкелер ушын семинарлар шөлкемлестирди, олардың кәсиплик шеберлигин асыра баслады. Нәтийжеде 1641 жылда биринши мийирбийкелер мектебине тийкар салынды.

Не ушын мийирбийкелер куни 12 май куни белгиленеди? Флоренс Найтингейл атлы хаял биринши профессионал мийирбийке болып, ол 12 май куни туўылған.

Орайымызда да бугин мийирбийкелер куни нышанланып, орайымызда жумыс ислеп атырған мийирбийкелерди қутлықлап, бир қатар алдағы мийирбийкелер саўғалар, мақтаў жарлығы менен сыйлықланды.

ҚР АИЖСке қарсы гуресиў орайы санитария врачы М. Бекниязова таярлады.