Республикалык АИЖСке карсы гуресиу орайы санитария врачи М.Бекниязова
Некеден алдын медициналық көриктен өттиңизбе?
Өзбекистан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 17-статьясына тийкарланып саламат шаңарақты қәлиплестириу, нәсилге байланыслы хәм туума кеселликлерге шалынған балалар туўылыўының алдын алыў ушын шәрт-шараятлар жаратыў махсетинде некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў хаққындағы Министрлер Кабинетиниң 2003 жыл 25 августта 365-анлы қарары тастыйқланды.
Некелениўши шахслардың пухаралығына қарамастан, ӨзР ПХАЖ органлары тәрепинен дизимнен өткерилген барлық некелениўшилер турақлы яки ўақтыншалық жасаў орнындағы ден саўлықты сақлаў системасының тийисли медицина бирлеспесинде бийпул диспансеризациядан, яғыный, кардиолог, эндокринолог, ревматолог, фтизиатр, уролог қәнийгелеринен некеден алдын медициналық көриктен өтеди хәмде сол қатары қосымша УЗД, ЭКГ, улыума қан анализи, АИВ инфекциясына қан анализлери тапсырылады.
Некелениўшилер АИВ инфекциясына тексериўден өтиў ушын аймақлық поликлиникалары яки АИЖСке гуресиў орайларына мурәжат етеди.
Некелениўшилерге тесттен алдынғы АИВ инфекциясынығ жуғыў жоллары, бул кеселликтен қалай сақланыў кереклиги хаққында мәслахат бериледи.

