АИЖСке карсы гуресиу орайынин шолкемлестириу болими медстатисти А.Джанибекова
АИВ инфекциясы жугыу жоллары, профилактикасы
АИВ – Адам организминдеги иммунитет жетиспеўшилигин келтирип шығарыўшы вирус
АИВ инфекциясы- вирусты жуқтырыў ақыбетинде келип шығатуғын созылмалы жуқпалы кеселлик.
Бул кеселликтиң дәслепки басқышында өзлериниң бул инфекцияны жуқтырып алғанында билмей бир неше жылларға дейин жүре бериўи мүмкин. Бирақ, адамларда бул дәўирде ҳеш қандай кеселликтиң белгилери болмағанлықтан бизлердиң арамызда сап-саў адамлардай болып жүре береди.АИВ инфекциясын жуқтырып алған адам вирус тасыўшы болып есапланады хәм бул кеселликти жуқтырыў қәўпин өмириниң ақырына дейин сақланып қалады, кеселликтиң жасырын дәуири 5-10 жылларға дейин даўам етип, вирус тасыўшылар өзлери билместен бул кеселликти басқаларға жуқтырып жүре бериўи де мүмкин.
АИЖС– арттырылған иммунитет жетиспеўшилик синдромы- кеселликтиӊ өзине тән белгилери раўажланған дәўири, АИВ инфекциясының терминал (соӊғы) басқышы .
АИВ инфекциясы тийкарынан 3 турли жол менен, тек ғана адамнан адамға жуғады:
1.Қан хам қан компонентлери арқалы— бул тери пүтинлиги бузылыўы нәтийжесинде өткеридетуғын хәр түрли процедуралар ўақтында жуғады:
- АИВға тексерилмеген донор қаны қуйылғанда,
- стерилленбеген медициналық әсбап-үскенелер (шприцлер, тис алыў, операциялар ислеу инструментлери);
- медициналық емес хызметлерден пайдаланғанда (татуировка, маникюр, қулақ тестириу, шаш алыў х.т.б.) жағдайларда
- басқа биреўдиң жеке гигиена буйымларынан (тис щеткасы, сақал алыў әнжамлары) пайдаланғанда жуғады;
2.Жынысый жол арқалы- қорғанылмаған жынысый байланыс ўақтында;
3.Вертикал жуғыў жолы— вирус кеселленген ҳаялдан ҳамледарлық даўиринде, ямаса тууыў процесинде анадан балаға отеди. Сондай-ак, емизиў ўактында сол вирус көкирек сути арқалы балаға отиўи мумкин.
АИВ инфекциясы томендеги жағдайларда жуқпайды:
— жарақатланбаған тери арқалы:
— бир ыдыс-табақтан аўкат жегенде:
— қол берип корискенде, қушақласқанда;
— қан сорыўшы насекомалар (шыбын, бит, кене) арқалы;
— ҳаўа-тамшы жолы арқалы;
— ҳаўизлер ҳам ҳажетханадан пайдаланғанда бу кеселлик жуқпайды.
Қаракалпакстан Республикасы АИЖСке карсы гуресиу орайында маслахат хам тесттен отиу ушын муражаат еткен шахслардын исми шарипи сыр сакланыуына кепиллик береди.
Орайда «Досласыў» «Исеним» ханалар ислеп тур ҳам бул жерде аноним таризде қан тапсырыўға болады Сизден ҳужжетлер талап етилмейди.АИВ инфекциясына аноним, яғный сыр сақлаған ҳалда қан тапсырыў бийпул әмелге асырылады.
Ҳүрметли пуқаралар есте тутың, АИВ/АИЖС кеселлигиниң бүгинги күни даўасы жоқ!
Бүгинги күни өткерилип атырған ретровирусқа қарсы препаратлары–тек ғана АИВ вирусының раўажланыўын, көбейиўин тоқтатып турыўға қаратылған болып кеселликтиң АИЖС дәўирине өтип кетпеўин арқаға сүреди.
АИВ инфекциясынан сақланыўдың бирден бир жолы тек ғана саламат турмыс тарзине амел етин!
Әзиз пуқаралар ядта тутың хәр бир адамның өз ден саўлығы өзиниң қолында!
Бизиң манзилимиз, Нөкис қаласы, А.Досназаров кошеси 15 жай.
Муражаат ушын телефон номерлери: 998 (361) 223-84-23, 998 (361) 223-58-94
Исеним телефоны: 99(897)354-00-14;
Веб-сайт: rkspid.uz;Телеграмм каналы: t.me/groitmarkazi

